logo

Тахтакөпирде 5 қабатлы жаӊа турақ жай пайдаланыўға тапсырылды

ϴзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң “Аўыр социаллық шараятқа түсип қалған ҳаял-қызларға, майыплығы болған, кем тәмийинленген ҳәм турақ жай шараятын жақсылаўға мүтәж аналарға арзан турақ жайлар бериў тәртиби ҳаққындағы режесин тастыйықлаў ҳаққында”ғы қарары тийкарында кеше Тахтакөпир районы «Ғəрезсизлик» мəкан пуқаралар жыйыны аймағында 5 қабатлы 20 квартиралы жайдыӊ салтанатлы түрде өз ийелерине тапсырыў мәресими өткерилди.

Мәресимде район ҳәкими Ж.Адилов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Ахмедовалар шығып сөйлеп, соӊғы жыллары Президентимиздиӊ басшылығында елимизде жүргизилип атырған реформалар ҳәм олардыӊ халқымыз турмысында тутқан орны туўралы айтып өтип, жаӊа турақ жай ийелерин қутлықлады.



Мағлыўмат ушын, жоқарыдағы қарар тийкарында турақ жай ийелеринен 10 ҳаял-қыздың турақ жайларының басланғыш тɵлемлери Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик мақсетли фонды тәрепинен тɵлеп берилген.

Қурылыс жумыслары болса, “Қишлоқ қурилиш инвест” ЖШЖныӊ қолы гүл қурылысшылары тәрепинен әмелге асырылды.

Адилбай Оразов,

Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы

Соңғы жаңалықлар