logo

2023 жылдан баслап “Алтын қәлем” миллий сыйлығы ушын бас миллий сыйлық ретинде - автомобиль қойылады

Бул ҳаққында Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтың “Ғалаба хабар қуралларын қоллап-қуўатлаў ҳәм журналистика тараўын раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы қарарында белгиленген.

“2023 жылдан баслап журналистлер ортасында ҳәр жылы дәстүрий өткерип келинип атырған “Алтын қәлем” миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаўды демократиялық принциплер тийкарында және де ашық ҳәм айдынлық пенен өткериўге итибар қаратылсын”, делинеди қарарда.

Қарарға муўапық, “Алтын қәлем” миллий сыйлығы жеңимпазлары:

• бас миллий сыйлық ушын - автомобиль;

• биринши орын ушын - базалық есаплаў муғдарының 200 есеси;

• екинши орын ушын - базалық есаплаў муғдарының 175 есеси;

• үшинши орын ушын - базалық есаплаў муғдарының 150 есеси;

• 12 хошаметленетуғын номинацияның ҳәр бири ушын - базалық есаплаў муғдарының 100 есеси муғдарында бир мәртелик пул сыйлығы менен сыйлықланады.

“Алтын қәлем” миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаўды өткериў менен байланыслы қәрежетлер “Илҳом” жәмийетлик фонды қаржылары есабынан қапланады.

Алдынырақ, қарар менен 3 жылға ҒХҚларының пайда салығы 50 процентке қысқартырылыўы, бюджет шөлкемлерине електрон ҒХҚ жазылыўына болыўға рухсат берилиўи ҳаққында хабар берилген еди.


Гулхатиша Уразбаева,
ҚМУ Журналистика тәлим бағдары 3-курс студенти

Соңғы жаңалықлар