Бул ҳаққында платформаны сатып алып атырған Илон Маск хабарлады. “Twitter мудам әпиўайы пайдаланыўшылар ушын бийпул болып қалады, бирақ коммерциялық ҳәм мәмлекетке қараслы пайдаланыўшылар ушын азрақ төлем киритилиўи мүмкиншилиги бар”,- деп жазды ол.25-апрель күни Twitter директорлар кеңеси тармақты Маскқа 44 млрд долларға сатыўға разы болды. Бул пүткил адамзат тарийхындағы ең ири жеке сатып алынған затлардан бири болмақта. Салыстырыўлар ушын, Өзбекстанның бир жыллық жалпы ишки өниминиң баҳасы - 69 млрд доллар.
Алып-сатыў бойынша рәсмийлер жыл ақырына шекем тамамланыўы күтилмекте. Соннан кейин 50 жаслы бизнесмен Twitterдың жалғыз ийесине айланады. Ол тармақты буншелли үлкен ақшаға неге сатып алып атырғаны ҳәзирше түсиниксиз.
Гулхатиша Уразбаева,
ҚМУ Журналистика тәлим бағдары 3-курс студенти
