Билимлендириў орынларында оқытыўшы болып искерлик алып баратуғын абыройлы халықаралық олимпиадалар жеңимпазлары лаўазым айлығына ҳәр ай 150 процент, тийкарғы олимпиадалар республика басқышы жеңимпазлары лаўазым айлығына ҳәр айда 100 процент муғдарында үстеме ҳақы төленеди. Бунда:
- Үстемелер абыройлы халықаралық олимпиадалар ҳәм тийкарғы олимпиадалар өткерилетуғын пәнлер бойынша жеңимпазлықты қолға киргизген пәнинен сабақ берип атырған олимпиада жеңимпазына бериледи;
- Билимлендириў орынларында оқытыўшы болып искерлик көрсетип атырған абыройлы халықаралық олимпиадалар ҳәм тийкарғы олимпиадалар республика басқышы жеңимпазлары тәрепинен жеңимпазлықты тастыйқлаўшы ҳүжжет ямаса сертификат инәм етиледи.
Рахметова Гулмира
