logo

Жалғанның жолы қысқа

Бизиң районымыз кишигирим район болсада хар турли жағдайлар ушрасып турады. Районымыздың «Бегжап» АПЖ аймағында Туркменистан Республикасы пухарасы болған шахс А.Бердимуратов (аты фамильясы озгертилген) 2009 жылы районымыз аймағына нызамсыз турде «Сарманбайкөл» АПЖ аймағынан кирип келип «Бегжап» ауыл пухаралар жыйыны аймағында жасаушы пухара С.Сарсенбаев (аты фамильясы озгертилген) исенимине кирип хеш қандай хужжетлерсиз 2019 жылға шекем турақлы турде жасап келип, 2019-2020 жыллары Өзбекистан Республикасы пухаралығын сол аймақта жасаушы бир неше шахслардың жалған гуалығы натижесинде шахсын тастиқлаушы қалбеки хужжет хам басқада хужжетлерди алыуға ерискен хамде сол қалбеки хужжетлерден биле тура усы кунге шекем пайдаланып келген. 

Жалғанның жолы қысқа дегендей бул хужжетлердиң қалбеки екенлиги жузеге шығып 2022 жылы 14-июнь санесинде Жынаят ислери бойынша Шоманай районы суды тарепинен адил хуким оқылды. Хукимде А.Бердимуратов Өзбекистан Республикасы Жынаят кодексиниң 228-статьясы 3-бөлими менен айыплы деп табылып Республикамыз аймағынан депортация етилди. 

Бул жынаяттың жуз бериуинде бир тарептен пухараларымыздың бипаруалығы, ақ-көңиллиги хам исениушеңлигиде себепши болған. Хеш қандай жынаят жазасыз қалмайды сол себепли пухараларымызды сергекликке шақырып қаламыз.

Жынаят ислери боыйнша  
Шоманай районы суды баслыгы 
Р.Назаров  

Соңғы жаңалықлар