Бириншиси - билимлендириў тараўында перзентлеримиз заманагөй билим ҳәм көнликпелерди пуқта ийелеўи ушын ең қолай шәраятлар жаратыў избе-из даўам еттириледи. Оның ушын мектеплердиң оқыў бағдарлары, оқытыў усылы, сабақлықлар мазмуны туптен қайта көрип шығылады.Екиншиси - ҳәр қандай тартыслы мәселеге әдалатлы шешим тек ғана әдил суд арқалы табылыўы керек. Судьялар жумисына ҳәр қандай араласыў кескин жазаланады, олардың қәўетерсиз ислеўи ушын барлық зәрүр шәраятлар жаратылады.
Үшиншиси - бизнести раўажландырыў арқалы қосымша жумыс орынларын жаратылады, кәмбағаллық қысқарады, халық дәраматлары көбейеди. Оның ушын жеке меншик мүлкке ҳәм исбилерменликке кесент берип атырған барлық тосықлар жөнге салынады. Мәмлекет басқарыўы реформаланып, экономикада мәмлекет қатнасыўы кескин кемейтириледи.
Төртиншиси - денсаўлықты сақлаў системасында халыққа еле де сапалы ҳәм жақсы медициналық хызметлерден пайдаланыў мүмкиншилигин кеңейтириледи. Барлық аймақларда қыстаўлы медициналық жәрдем менен қамтып алыў көрсеткиши көбейтилип, адамларға еле де жақынластырылады.
Бесиншиси - халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў мәселеси мудами дыққат орайында болады. Тараўға ажратылатуғын инвестициялар көлеми кескин көбейтириледи.
