logo

Қанлыкөл районында қәнигелестирилген мектептиң ашылыў салтанаты өткерилди

Жаслар келешегимиз

Елимизде жаслардың ҳәр тәреплеме жетик болып жетилисиўи ушын билимлендириўге айрықша итибар қаратылып келинбекте. Өйткени, перзентлеримиздиң дəслепки қызығыўшылықларын тамырландыратуғын орын, қəбилетлери жүзеге шығарыўшы гирбиңсиз дəргай саналады.

Республикамыздың ҳәр бир аймағынан Ҳүрметли журтбасшымыз тәрепинен Президент мектеплери ашылып, бул билимлендириў орынларында билим алып атырған жаслар бүгинги күнде көплеген жетискенликлерге ерисип шет еллердеги жоқары оқыў орынларына кирип билимлерин даўам еттирмекте.
Президентимиз Ш. М. Мирзиёевтың басламасы менен және де Президент билимлендириў мәкемелери агентлиги дизиминдеги қәнигелестирилген мектеплер тармағын кеңейттириў бойынша ПФ-106- санлы пәрманы қабыл етилди.

Бул пәрманда тийкарынды Қанлыкөл районы орайында Президент агентлиги мәкемелери дизиминдеги қәнигелестирилген мектептиң ашылыў мәресими салтанатлы түрде өткерилди. 

Быйылғы жылы мектепте билим алыў ушын пәрман тийкарында таңлаў өткерилип, таңлаўда билими менен нәтийже көрсеткен 132 оқыўшы билимлер сынағынан өтип, оқыўға қабылланды.
Қәнигелестирилген мектепте ҳәзирги ўақытта анық пәнлер жөнелиси ашылып мектепте 20 муғаллим өз жумысын баслады.
 
 Мектептиң ашылыў салтанатына район ҳәкиминиң орынбасары А.Султанов, Нөкис Президент мектеби директор орынбасары М.У. Насыров, мектеп директоры Ф.Сайтов ҳәм мектеп оқыўшыларының ата-аналары қатнаста. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан республикасы гимнлары атқарылды ҳәм жыйналыс қатнасыўшылары жаңа оқыў жылының басланыўы менен қызғын қутлықлады.

Соңғы жаңалықлар