Улыўма орта билим бериў мектеплериниң баслаўыш класс оқыўшыларына бийпул азық–аўқат өнимлерин жеткерип бериў жақын күнлерде және жолға қойылады.Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң мағлыўматларына қарағанда, оқыўшыларды кейтеринг усылында бийпул аўқатландырыў хызметин көрсететуғын исбилерменлик субъектлерин таңлап алыў мақсетинде тендер (таңлаў) жумыслары еле даўам етип атырғанлығы себепли мектеплерге азық-аўқат өнимлерин жеткерип бериў кешиктирилмекте.
Кейтеринг шөлкемлерин таңлап алыў Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққында»ғы Нызамына ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында жайласқан улыўма орта билим бериў мектеплеринде саламат аўқатландырыў системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен тастыйықланған Реже талапларына әмел еткен ҳалда, Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен тастыйықланған техникалық талапларға сай түрде ашықлық ҳәм бәсеки принциплери тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен өткерилмекте.
Президентимиздиң тапсырмасына муўапық, өткен жылдың 7-февраль сәнесинен баслап республикамыздағы ҳәм Хорезм ўәлаятындағы улыўма орта билим бериў мектеплериниң оқыўшыларын саламат аўқатландырыў мақсетинде тәжирийбе сыпатында кейтеринг усылында бийпул азық-аўқат өнимлерин жеткерип бериў басланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги
