logo

Өзбекстанда пуқаралардан турақ-жай салығын үш есе өндириў тоқтатылады

Өзбекстанда пуқаралардан турақ-жай салығын үш есе өндириў тоқтатылады. Бул ҳаққында Әдиллик министрлиги баспасөз хаткери хабар берди.
Жазылыўына қарағанда, ҳәзирде нызамшылыққа муўапық жер участкаларынан ҳүжжетлерсиз яғный жер участкасына болған ҳуқықты тастыйықлайтуғын ҳүжжетлерде көрсетилгенинен үлкенлеў көлемде пайдаланып киятырған пуқаралардан белгиленген салық ставкаларының үш есесм муғдарында өндириў белгиленген.

Халыққа қолайлық жаратыў ҳәм пуқаралардың социал тәрепинен қосымша қоллап-қуўатлаў мақсетинде Әдиллик министрлиги тәрепинен «Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң 483-статясына қосымша киргизиў ҳаққындағы» нызам жойбары ислеп шығылып, жәмийетшилик додаланыўына қойылды.

Оған көре, 2020 жыл 1 январдан 2023 жыл 1 июнға шекем болған дәўирде физикалық шахслардан, яғный жер участкаларынан ҳүжжетлерсиз яғный жер участкасына болған ҳуқықты тастыйықлайтуғын ҳүжжетлерде көрсетилгенинен үлкенлеў көлемде пайдаланып киятырған пуқаралардан салық ставкаларының үш есеси муғдарындағы салықларды (Салық кодексиниң 437-статясы тоғызыншы бөлеги) өндирмеў нәзерде тутылмақта.

Атап айтыў керек, 2020 жыл 1 январдан бүгинги күнге шекем пуқаралар тәрепинен салық ставкаларының үш есесм муғдарындағы салықларды төлеп киятырған болса, кейинирек төленген салық суммалары Салық кодексине муўапық қайта есап-китап етилиўи белгиленип атыр.

Соңғы жаңалықлар