logo

Өзбекстанлылар 8 айда электромобиллер ушын қанша пул сарыплағаны ашықланды

Өзбекстанға 2022 жылдың январь-август айларында шет елден қуны 46,4 млн АҚШ долларына тең болған 1 499 электромобиллер импорт етилген. Бул ҳаққында Мәмлекетлик статистика комитети хабарлады.
Быйылғы жылда электромобиллер импорты 2021 жылға салыстырғанда 1 003 данаға яғный 3 есеге асқан.

Өзбекстан усы жылдың январь-август айларында ең көп электромобиллер импорт етилген мәмлекетликлер:

 Қытай - 1,3 мың дана;
 БАӘ - 110;
 Германия - 34;
 Гонконг - 30 дана;
 Басқа мәмлекетлер - 19.

Соңғы жаңалықлар