logo

Өзбекстандағы банклерден бири хакерлар ҳүжимине ушырады

Социал тармақларда InfinBank'те хакерлик жолы менен пул қаржыларын урлаў жағдайлары ушырағаны ҳаққында информациялар тарқалды. Банк бул жағдай бойынша баянат берди.
«Усы жылдың 3—5 сентябрь күнлери бир топар халық аралық финанслық урылар шет елде жайласқан фиктив мерчант хызметлеринен InfinBank'те өзлериниң бул жынаяттагы шериклериниң атына ашылған visa пластик карталарына валюта қаржларын өткериўге ҳәм сол күнниң өзинде банкомат системаларында нақлаcтырыў, басқа банклердиң мобил қосымшалары, Humo ҳәм Uzcard системасында ашылған карталар жардеминде өзлестириўге урынған.

Ҳәзирде бул жынаят топардың ағзалары анықланған. Гүманланыўшылар қолға алынған. Ишки ислер шөлкемлери менен шерикликте сорастырыў ҳәм тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта. Нызамға қарсы ислетилинген ҳәм өзлестирилген ақшалардың бир бөлеги өндирилди ҳәм қалған бөлегин өндириў ҳәрекетлери әмелге асырылып атыр.

Социал тармақларда тарқалып атырған хабарларда көрсетилген суммалар ҳақыйқатқа туўры келмейди. Сорастырыў, тергеў ҳәм өндириў ҳәрекетлери жуўмағы бойынша қосымша мағлыўмат ҳәм информациялар бериледи», — делинеди баянатта.

Соңғы жаңалықлар