Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң берген мағлыўматына бола, 2021-жыл 29-июль саат 15:00 жағдайында Қарақалпақстан Республикасы бойынша коронавирус инфекциясы менен кеселленген наўқаслардың саны 1784 адамды қурайды. Соннан 186 наўқас стационар шараятта емленип атыр. Соның ишинде:108 пуқара – Арқа-батыс әскерий горнизоны аймағында жайласқан Нөкис арнаўлы медицина комплексинде
55 пуқара – Республикалық фтизиатрия ҳәм пульмонология орайында
23 пуқара – Беруний районындағы «Педагогика колледжи спорт комплекси»нде емленбекте.
Соннан: 35 наўқастың аўҳалы аўыр, 3 наўқас жүдә аўыр аўҳалда, 139 наўқастың аўҳалы орташа, 9 наўқастың аўҳалы жеңил (қанаатландырарлы).
Наўқаслар дәри-дәрмақ ҳәм 5 мезгил аўқат пенен тәмийинленген.
1598 пуқара – коронавирустың жеңил симптомлары менен үй шараятында аймақлық поликлиникалар қадағалаўы астында емленбекте.
Эпидемиологиялық бақлаў жумыслары даўам етпекте.
Makan.uz
