29-июль күни Қазақстанның Ақтөбе қаласына Нөкистен дәслепки рейс әмелге асырылды.Нөкистен жергиликли ўақыт пенен саат 10:40та ушқан самолёт 2 саатқа шамалас пәрўаздан соң Ақтөбе аеропортына барып қонды. Жолаўшылар, экипаж ағзалары ол жерде жыллы жүзлилик, миймандослық пенен күтип алынды.
Дәслепки рейсте 124 жолаўшы Нөкистен Ақтөбеге ушқан болса, 49 жолаўшы Ақтөбеден Нөкиске жетип келди. Бул қоңсылас елге ашылған 3-жөнелистеги рейс болып, алдын Ақтаў қаласына ҳәптениң дүйшемби ҳәм жума күнлери рейслер жолға қойылған еди.
Мағлыўмат ушын: "Нөкис - Ақтөбе - Нөкис" жөнелисиндеги пәрўаз ендигиден былай ҳәптениң ҳәр пийшемби күни турақлы түрде әмелге асырылады.
Нөкис халықаралық аэропорты
