Гидрометеорология хызмети дем алыс күнлеринде Өзбекстанда күтилип атырған ҳаўа райы хаққындағы мағлыўматларды жәриялады.Бүгин ҳәм ертең республикамызда быраз салқын ҳаўа сақланып қалады, жаўын шашын күтилмейди.
1-августтан баслап салқын ҳаўа ағымы республикамызды тәрк етеди. Оның орнын Ираннан кирип келетуғын ыссы ҳәм қурғақ ҳаўа массалары ийелейди. Күндизги уақытларда ҳаўаның температурасы 35-40° қа шекем ыссы болыўы күтилмекте.
