logo

Халықтың айырым категорияларына 500 мың сўмнан материаллық жәрдем бериледи


«Кем тәмийинленген ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлар перзентлерин қоллап-қуўатлаўдың қосымша ис-илажлары ҳақкында»ғы Президент қарары (ПҚ–5204-сан, 30.07.2021 ж.) қабыл етилди.

Қарарға бола, 2021-жылдың август айында халықтың төмендеги қатламларына 500 мың сўм муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем көрсетиледи:

-бағыўшысын жойтқанлық пенсиясы ямаса напақасын алыўшы шаңарақлардың 18 жасқа толмаған перзентлерине;

-нәгиранлығы болған 18 жасқа толмаған балаларға.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, район (қала) ҳәкимлери, сектор басшылары, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң аймақлық бөлимлери басшылары – «Темир дәптер»ге киргизилген шаңарақлардың 18 жасқа шекемги болған перзентлери санынан келип шығып, төлем ведомостларын қәлиплестиреди ҳәм материаллық жәрдем пулларының усы жыл 25-августқа шекем мәнзилли жеткерилиўин тәмийинлейди.

Makan.uz

Соңғы жаңалықлар