logo

Мектеп формасы бойынша талаплар өзгермейди — ХБМ

Мектеп формасы бойынша талаплар өзгермейди — ХБМ

 ▪️Жәмийетлик орынларда ибадат кийиминде жүриў қадаған етилиўи ҳаққындағы статья нызамнан шығарылғаннан соң, жәмийетшиликте мектеп формасы бойынша жүзеге келген сораўға Халық билимлендириў министрлиги жуўап берди: “Оқыўшылардың мектеп формасын кийиў тәртиби ҳәм талабы өзгермейди”.

Министрликтиң айтыўынша, “Билимлендириў ҳаққында”ғы нызамның 49 -статьясына муўапық, билимлендириў орынларында билим алыўшылардың кийим-кеншеклерине тийисли талапларды Министрлер Кабинети белгилейди. Сол тийкарда ҳүкиметтиң 666 -санлы қарары шығарылған.

✍ KRuz.uz

➡️ @KarOneUZ - Биринши бизде!

Соңғы жаңалықлар