Токио Олимпиадасының 2-август күнги жарыслары шеңберинде грек-рим гүреси бойынша 77 килограммға шекемги салмақта қарақалпақстанлы Жалғасбай Бердимуратов дәслепки беллесиўин армениялы Карапет Чалянға қарсы өткерди.Беллесиўде армениялы спортшы упайлар есабында (5:0) жеңиске еристи ҳәм шерек финал жолламасына ийе болды.
Егер Карапет Чалян финалға шекем жетип барса, Жалғасбай бронза медалы ушын беллесиўлерди даўам еттиреди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
