logo

Ҳәмиледар ҳәм емизиўли ҳаяллар не ушын коронавирусқа қарсы шаншылмай атыр

Баспасөз әнжуманында Инновациялық раўажланыў министриниң орынбасары Шаҳло Турдиқулова жүкли ҳәм емизиўли ҳаяллар не ушын шаншылмай атырғанын түсиндирди.

«Оның тийкарғы себеби – коронавирусқа қарсы вакциналардың клиникалық сынаўлары ҳәмиледар ҳәм емизиўли ҳаялларда өткерилмеген. Себеби, Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң талабына бола, клиникалық сынаўлар халықтың қайсы қатламында өткерилген болса, вакциналар да сол қатлам арасында өткерилиўи керек.

Буннан тысқары, ҳәзирги күнде бул бойынша пүткил дүнья илимпазлары, атап айтқанда, өзимизде де емизиўли ҳаялларды шаншыў бойынша үйрениўлер алып барылмақта. Мәселен, емизиўши ҳайўан-сыйырларда вакциналар сынаўдан өткерилди, ҳәзирше ҳеш қандай унамсыз тәсир сезилмеди. Шаншылған сыйырдың сүтинде антиденешелер табылды. Бул-емизиўшилер шаншылған жағдайда, кеселликке қарсы иммунитет оның баласына да өтеди, дегени.

Кейинги басқыш сынаўларда емизиўли ҳаялларға да қолланыў мүмкин, деп ойлайман. Ҳәзирге шекемги алып барылған изертлеўлер унамсыз тәсири жоқ екенин көрсетпекте», деди ол.

kknews.uz

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Соңғы жаңалықлар