logo

❓Шет елге шығыў паспорты ямаса айдаўшылық гүўалығы менен тестке кириўге бола ма?

Абитуриентлер тест сынақларына төмендеги шахсты тастыйықлайтуғын ҳүжжетлер менен кириўи мүмкин: 

 1️⃣ Биометрик паспорт (жасыл реңли); 
 2️⃣ ID-карта ; 
 3️⃣ Шет елге шығыў паспорты (қызыл реңли); 
 4️⃣ Айдаўшылық гүўалығы (тек жаңа формадағысы болса ғана); 
 5️⃣ әскерий хызметкерлер ушын әскерий гүўалық (әскерий хызметте ислемейтуғынлар ушын өтпейди).

Жоқарыдағылар Өзбекстан Республикасы аймағында шахсты тастыйықлайтуғын рәсмий ҳүжжетлер есапланады ҳәм олардың қәлеген бири менен тест сынақларында қатнасыўыңыз мүмкин. Тек ҳүжжет пенен бирге абитуриент рухсатнамасын да алыўды умытпаң.

✍KRuz.uz

Соңғы жаңалықлар