logo

Тақыятаслы пуқараның өлими менен байланыслы хабарға прокуратура қосымша мағлыўмат берди

Социаллық тармақларда пуқара Д.С ның үкеси Д.Б, Тақыятас районы ИИБ профилактика инспекторы Б.С тәрепинен алып кетилип, районы ИИБде оған дене жараатын жеткериўи нәтийжесинде қайтыс болғанлығы ҳаққында хабарлар тарқалған еди.
Анықланыўынша, Б.Д ның өлими өкпе пневманиясы нәтийжесинде келип шыққанлығы мәлим болды. Бирақ, оның денесинде өлиминен алдын жеткерилген жарақатлары бар екенлиги анықланған. Бул ҳаққында суд медициналық экспертизасының соңғы қарарына тийкарланып, Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы хабар бермекте.
Хабар бериўинше, пуқара Б.Д усы жылдың 23-май күни көшеде мәс ҳалда жатқанлығы бойынша хабар берген шахслардың шақырыўына байланыслы ИИБ хызметкерлери ўақыя орнына жетип барады ҳәм пуқараның денсаўлығы жаманласқанлығы себепли ол Тақыятас районлық медицина бирлеспесине жатқарылады.
Нәтийжеде, алып барылған зәрүр медициналық иләжлардан соң пуқараға қарындаслары арқалы үйине кетиўине рухсат берилген ҳәм үйинде аўҳалы жаманласқаннан кейин және район емлеўханасына қабыл етилген. Деген менен пуқара, емлеў иләжларына қарамастан 5-июль күни қайтыс болады.
Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 104-статясы, 4-бөлими менен жынаят иси қозғатылды ҳәм оның денесиндеги жараҳатлар қашан, ким тәрепинен жеткерилгенлигин анықлаў бойынша дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Kar24.uz

Соңғы жаңалықлар