Пуқаралардың 36,5 проценти коронавирусқа қарсы емлениўди қәлемейди, 53,2 проценти болса емлениўге таяр.“Социаллық пикир” республикалық жәмийетшилик пикирин үйрениў орайы өткерген сораўда қатнасқан ҳәр 10 -пуқара емлениў бойынша жуўмақлаўшы қарарға келмегени мәлим етилген.
45−54 жаслы қатнасыўшыларда қалған жастағыларға қарағанда емлениўге таярлық жоқары дәрежеде. 8,6 процент респондент болса емлениўди нәтийжесиз, деп есаплайды. 35,9 процент халық вакцинаның орынсыз тәсирлеринен қәўетерде.
✍KRuz.uz
