logo

⚡️Mandat.dtm.uz сайты иске түсирилди

Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен 2021-2022-оқыў жылы ушын жоқары оқыў орынлары бакалавриат тәлим бағдарларына қабыллаў ушын өткерилип атырған тест сынақларының нәтийжелерин көриў мақсетинде mandat.dtm.uz сайты иске түсирилди.

Бунда абитуриентлер өзлериниң ID-номерлери, сондай-ақ, аймақ, жоқары оқыў орны, тәлим бағдары, тәлим тили ҳәм тәлим формасын сайлап, излеў бериўи арқалы тест сынақларының нәтийжелерин көриўи мүмкин.

Бунда абитуриентлер өзлеринен басқа абитуриентлердиң де тест сынақлары бойынша топлаған нәтийжелерин көриў имканиятының жаратылғанын жаңалық сыпатында атап өтиўге болады.

Ҳәзирше 5-август күни өткерилген тест сынақларының нәтийжелери сайтқа жүкленбеген.

kknews.uz

Соңғы жаңалықлар