Басқа районнан Нөкис қаласына исбилерменлик жумыслары менен келген М. Н. аўқатланыў ушын сол жердеги асханалардың бирине барды. Затларын өзи таңлаған столға қойып, тамақ таңлаўға кеткен қонақ келгенинде не көз менен көрсин, буйымлары арасында турған пуқаралық паспорты ҳәм 1 миллион 400 мың сўм пуллары жоқ еди. Бул ҳаққында Азамат Пирниязов хабар бермекте.Соннан кейин не ислерин билмеген жәбирлениўши асығыслық пенен сол жақын әтирапта хызмет алып барып атырған ишки ислер хызметкерлерине арза берди.
Тынышлықты қорықшылардың оператив ҳәрекетлери нәтийжесинде айыпкер тезлик пенен қолға алынып, ҳәзирде қылмысына муўапық жуўап бермекте.
