Усы жыл 10-августтан баслап улыўма аўқатланыў объектлери - ресторан, кафе, асхана ҳәм чайханалардың жумысшы ҳәм хызметкерлери (саламатлығы бойынша көрсетпе болған хызметкерлерден тысқары) коронавирусқа қарсы вакцинаның (түрине қарамастан) кеминде 2 дозасы менен емленгенлиги ҳаққындағы сертификаты болған жағдайда саат 20:00ден кейин ислеўине рухсат бериледи. Бунда улыўма аўқатланыў объектлерине коронавирусқа қарсы вакцина менен емленгенлиги ҳаққындағы ҚР-коды ямаса сертификаты болған келиўшилерди киргизиў усыныс етиледи (саламатлығы бойынша көрсетпе болған хызметкерлеринен тысқары). 1-октябрьден баслап: исбилерменлик ҳәм хызмет көрсетиў субъектлериниң жумысшы ҳәм хызметкерлери, сондай-ақ, жеке тәртиптеги исбилерменлер (саламатлығы бойынша көрсетпе болғанлардан тысқары) коронавирусқа қарсы вакцинаның кеминде 2 дозасы менен емленгени ҳаққындағы сертификаты болмаған жағдайда олардың искерлиги ўақтынша тоқтатылады. ✍KRuz.uz
Кафе-ресторанларға қойылған шеклеўлер жумсартылмақта