logo

Өзбекстан ҳәм Қырғызстан Президентлери ушырасты

Президент Шавкат Мирзиёев 6-август күни Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўы шеңберинде Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров пенен сөйлесиў өткерди.

Өзбекстан Президенти Садир Жапаровты биринши мәрте Мәсләҳәт ушырасыўында қатнасып атырғаны менен шын жүректен қутлықлады ҳәм бул көп тәреплеме сөйлесиў майданы регионымыз абаданлығы жолында еллеримиз ҳәрекетлерин бирлестириўге хызмет ететуғынын атап өтти.

Ушырасыўда, бәринен бурын, быйыл 11-12-март күнлери Қырғыз Республикасы Президентиниң Өзбекстанға мәмлекетлик сапары ўақтында ерисилген келисимлердиң орынланыў барысы толық додаланды.

Жыл басынан берли товар алмасыў көлеми дерлик 10 процентке артып, 425 миллион доллардан артқаны қанаатланаўышылық пенен атап өтилди. Экономиканың тийкарғы бағдарларында, атап айтқанда, санаат, аўыл хожалығы, тоқымашылық, машина қурылысы ҳәм басқа да тармақларда биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў баслап жиберилген. Жедел мәдений-гуманитарлық ҳәм аймақлараралық алмасыў алып барылмақта.

Энергетика тараўындағы бирге ислесиў, соның ишинде, Қамбарата-1 гидроэлектр станциясын биргеликте қурыў мәселелери де көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысы «Өзбекстан-Қырғызстан-Қытай» темир жолы стратегиялық әҳмийетке ийе екенин, оны қурыў бойынша сөйлесиўлерди жеделлестириў зәрүр екенлигин атап өтти.

Қырғызстан Президенти Өзбекстанның регионда нәтийжели ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди беккемлеў бағдарындағы әмелий ҳәрекетлерин қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди. Мәмлекетимиз басшысының Орайлық ҳәм Қубла Азия бирге ислесиўин раўажландырыў басламалары регионымыздың туўысқан халықларының мәплерине хызмет ететуғынын атап өтти.

Барлық тараўлардағы байланысларды избе-из раўажландырыў ушын үлкен ҳәм жоқары дәрежедеги сөйлесиўди турақлы даўам еттириўге келисип алынды.

Ушырасыўда регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша да пикир алысылды.

KKnews.uz

Соңғы жаңалықлар