logo

Еки Нексия қатнасында ЖТҲ жүзеге келди, ортада велосипед басқарыўшысы дене жарақатын алды

Усы жылдың 8-август күни саат, 19:00лер әтирапында Әмиўдәрья районында жасаўшы Р. Р.ның басқарыўында болған Нексия маркалы 95 Е120 КА автотранспорт қуралын “Маңғыт -Гурлан” асфальт жолының 78-километринде шығыстан күнбатыс тәрепке басқарып баратырып, жолдың оң тәрепинде тоқтап турған Нексия маркалы 95 322 РАА автотранспорт қуралына келип урылған ҳәм жолдың шетинде турған велосипед басқарыўшысы К. М.ны урып жиберип жол транспорт ҳәдийсесин әмелге асырған. Пуқара К.М жол транспорт ҳәдийсесинде алған дене жарақаты бойынша район медицина бирлеспесине мүрәжат еткен.

Жағдай шеңберинен Әмиўдәрья районы ИИБ тәрепинен тергеўге шекемги тексериў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы ИИМ ЖҲҚБ Баспасөз хызмети

Соңғы жаңалықлар