– бағыўшысынан айрылғанлық пенсиясы ямаса напақасын алатуғын шаңарақлардың 18 жасқа толмаған перзентлерине;
– майыплығы болған 18 жасқа толмаған балаларға.
Бул ҳаққында «Ҳуқуқий ахборот» каналы хабар берди.
Материаллық жәрдем қаржылары:
– «Темир дәптер»ге киргизилген шаңарақлардың 18 жасқа толмаған перзентлери ушын районлық (қалалық) мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлимлери арқалы 25-августқа шекем;
– бағыўшысынан айрылғанлық пенсиясы ҳәм напақасын алатуғын шаңарақлардың 18 жасқа толмаған перзентлерине, майыплығы болған 18 жасқа толмаған балаларға напақа және пенсия төлейтуғын уйымлар (пенсия бөлими, қорғаныў, айрықша жағдайлар, миллий гвардия, бажыхана, суд, ИИМ, МХХ уйымлары) тәрепинен төленеди.
Еслетип өтемиз, Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң 2021-жыл 13-июльдағы «Жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың жәмийетлик белсендилигин буннан былай да арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, усы жылдың август айында «Темир дәптер»ге киргизилген шаңарақлардың 18 жасқа толмаған ҳәр бир перзенти ушын Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан 500 мың сум муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем берилетуғыны ҳаққында алдын хабар берген едик.
kknews.uz
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
