logo

Өзбекстанда «права»сыз машина айдаўға ҳәм рульде телефоннан пайдаланыўға рухсат берилиўи мүмкин

Әдиллик министрлиги тәрепинен ислеп шығылған нызам жойбарында транспорт қураллары айдаўшыларына қолайлықлар жарататуғын төмендеги жаңалықлар нәзерде тутылған:

айдаўшыларға транспорт қуралын басқарып атырған қолларын ислетпей-ақ сөйлесиў имканиятын беретуғын минигарнитуралар ҳәм басқа да техникалық қурылмалар арқалы телефоннан пайдаланыў ҳуқықы берилмекте. Сондай-ақ, транспорт қуралын басқарып атырғанда телефоннан пайдаланыў ҳуқықбузарлығы жаза қолланылғаннан кейин бир жыл даўамында қайта жүз бергенде ғана күшейтилген жуўапкершилик илажы бийкар етилмекте;

автомобиль салонының алдынғы тәрепине монитор (дисплей) орнатқаны ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик бийкар етилмекте;

айдаўшыларға, егер олардың Өзбекстан Республикасында берилген биометрикалық паспорты ямаса ID-картасы жанында болса, транспорт қуралын басқарыў ҳуқықын беретуғын ҳүжжетлерди, тех. паспортты, қамсызландырыў полисин жанында алып жүрмей транспорт қуралын басқарыў ҳуқықы берилмекте;

Онда, усы ҳүжжетлердиң бар екенлиги МЖҲҚХ (Мәмлекетлик жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети) хызметкери тәрепинен электрон система арқалы транспорт қуралы тоқтатылған орында еркин тексериледи. Усы жаңалықты әмелиятқа енгизиў мақсетинде Ишки ислер министрлигине керекли интеграция жумысларын 2021-жыл 1-декабрьге шекем жуўмақлаў ўазыйпасы жүкленбекте.

Ҳәрекет тезлигин өлшеўде, тезликти өлшейтуғын арнаўлы қурылмалар тәрепинен дизимге алынған тезлик көрсеткишлеринен қурылмалар тәрепинен жол қойылыўы мүмкин болған саатына 5 километрлик нуқсанды айырып таслаў бойынша қағыйда енгизилмекте.

kknews.uz

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Соңғы жаңалықлар