“Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың жаңа системасын енгизиў илажлары ҳаққында”ғы Президент қарары қабыл етилди.Қарарға бола, 2021-жыл 15-августтан:
Турақ жайға ийе болмаған ҳәм турақ жайға мүтәжлер сыпатында есапта турған жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларға олар 18 жасқа толған жылда көп квартиралы үй-жайлардан майданы 25 квадрат метрден кем болмаған 1 ханалы, ержеткен жетим балалар ортасында неке дүзилген жағдайда, 50 квадрат метрден кем болмаған 2 ханалы квартиралар ажыратылады. Бунда, усы топарға кириўши майыплығы болған балаларға квартиралар көп қабатлы үйлердиң үшинши қабатына шекем ажыратылады;
Квартиралар ҳәкимликлер тәрепинен көшпес мүлктиң бирлемши базарындағы қала ҳәм районларда қурылған көп квартиралы үй-жайлардан сатып алынады;
Көшпес мүлк бирлемши базарында көрсеткишлерге (критерийлерге) сәйкес келетуғын квартиралар болмағанда, аймақлық “Халқпарвар” комиссиялары жуўмағына тийкар квартиралар көшпес мүлктиң екилемши базарынан сатып алынады;
Үй-жайлар менен тәмийинлеў “онлайн-нәўбет” системасы тийкарында әмелге асырылады, бунда нәўбетке өзгерис киргизилиўине ҳәм нәўбетинен алдын кейинги нәўбеттеги балаларға үй-жай ажыратылыўына жол қойылмайды.
Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларға үй-жайлар мүлкке ийелик етиў ҳуқықы тийкарында, бирақ олар 30 жасқа толғанға шекем үй-жайды сатыў, саўға етиў ямаса гиреўге қойыў яки ижараға бериў, үй-жайда өзи ҳәм шаңарақ ағзаларынан (күйеўи ямаса ҳаялы, перзентлери) тысқары басқа пуқараларды турақлы жасаў орны бойынша дизимге алыў ҳуқықысыз ажыратылады.Бунда, жетим бала ямаса ата-ана қарамағынан айырылған баланың тийкарландырылған мүрәжаты тийкарында жергиликли ҳәкимликлер тәрепинен үй-жайдың улыўма майданын кеңейтириў ҳәм тийисли талапларды сақлап қалыў шәрти менен сатыўға руқсат бериледи.
Әдиллик министрлиги мәлимлеме хызмети
