Президент пәрманы менен 2021-жыл 1-сентябрьден баслап, әмелде болған кем тәмийинленген шаңарақларға 14 жасқа шекемги балалары ушын напақа ҳәм 2 жасқа шекемги баланы бағыў напақасы орнына бирден-бир балалар напақасы енгизиледи. Бунда, усы напақаны тайынлаўда:Балалар жасы нормасы 14 жастан 18 жасқа шекем көбейтиледи;
Төлем мүддети 6 айдан 12 айға шекем узайтылады;
Напақа муғдары шаңарақтағы балалар санынан келип шығып белигиленеди;
Перзенти болмаған ямаса перзентлери 18 жастан үлкен болған кем тәмийинлген шаңарақларға материаллық жәрдем тайынланады.
Балалар напақасы ҳәм кем тәмийинленген шаңарақларға материаллық жәрдем төлемлериниң төмендеги жаңа муғдарлары белгиленбекте. Балалар напақасы шаңарақтың:
3 жастан 18 жасқа шекемги болған бир перзенти ушын – 250 000 сўм (+56 000 сўм);
3 жасқа шекемги болған бир киши пензенти ушын – 325 000 сўм (+131 000 сўм);
Екинши перзенти ушын қосымша – 150 000 сўм (+186 000 сўм);
Үшинши ҳәм оннан кейинги ҳәр бир перзенти ушын – 100 000 сўмнан (әмелдеги 190 мың сўмнан 290 мың сўмға шекем көп);
Материаллық жәрдемниң муғдары – 380 000 сўм.
Makan.uz
