Усы жылдың 1-сентябринен ҒМДА мәмлекетлери, атап айтқанда, Өзбекстан пуқаралары ушын Россияға кириў тәртиби өзгереди. Сол мүнәсибет пенен “Uzbekistan Airways” АЖ Россияға барыўды жобаластырып атырған жолаўшылар ушын киритилип атырған жаңа тәртип ҳаққында мағлыўмат берди, деп жазбақта "qalampir.uz".Жазылыўына қарағанда, енди өзбекстанлылар “Covid-19сыз саяхат етемен” (Путешествую без Covid-19) қосымшасы арқалы усыныс етилген “жасыл” статус ҚР-кодын көрсетиўи шәрт болады.
ҚР-кодты алыў ушын төмендегилерди әмелге асырыў зәрүр:
1. App Store, Google Play, AppGallery (Huawei қосымшалары дүканы) арқалы “Путешествую без Covid-19” мобиль қосымшасын жүклеў;
2. Мобиль қосымша жүкленгеннен кейин оны иске түсириў, тил ҳәм геолокацияны таңлаў;
3. Қайсы мәмлекеттен қайсы мәмлекетке кетип атырғаныңызды белгилеў;
7. 72 сааттан көп болмаған ўақытта ПЗР-тестин Өзбекстанда аккредитациядан өткен лабораторияларда тапсырыў. Лаборатория жумысшысына тест нәтийжесин “Путешествую без Covid-19” мобиль қосымшасы арқалы алмақшы екениңизди хабар бериў. Паспорт және оның серия номерин киргизиў;
8. Телефоныңыздағы ҚР-код арқалы лаборатория тәрепинен берилген тест нәтийжелерин скан қылыў;
9. Шегараны кесип өтип атырғаныңызда жуўапкер хызметкерге ҚР-кодты телефоныңыз экраны арқалы көрсетиў.
✍️KRuz.uz
