Усы жылдың 8-июль күни Қоңырат районы, «Мыңжарған» МПЖ аймағында жасаўшы 1999-жылда туўылған пуқара А.К ҳәм өзиниң өмирлик жолдасы 1998-жылда туўылған К.Х ортасында келиспеўшилик келип шығады.Қоңырат районлық ишки ислер бөлиминиң мәлим етиўинше, А.К, К.Х ға «...сен неге бийтаныс баллардың сүўретин көресең?», - деп жәнжел шығарады ҳәм оған дене жарақатын жеткереди.
Ҳәзирги ўақытта жағдай бойынша, Өзбекстан республикасы Жынаят Кодексиниң 109-статьясы, 2-бөлими менен жынаят иси қозғатылып, Тергеў бөлимшеси тәрепинен тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Makan.uz
