logo

Өзбекстан ҳәм Россия Президентлери телефон арқалы сөйлести

15-август күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Сөйлесиўде Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Мәмлекет басшылары Аўғанстандағы жүзеге келип атырған жағдай бойынша пикир алысты.

Регионаллық қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеў бағдарында еки мәмлекеттиң тийисли уйымлары арасында тығыз байланыслар ҳәм бирге ислесиўди даўам еттириў бойынша келисимге ерисилди.

kknews.uz

ӨзА

Соңғы жаңалықлар