2020-жыл, 3-декабрдағы ПФ-6122-санлы Президент пәрманына бола, 2021-жыл, 2 ҳәм 3-сентябрь күнлери – қосымша дем алыў күнлери есабында белгиленген. Соннан келип шығатуғын болсақ, бәрше кәрхана ҳәм шөлкемлердиң жумысшылары ис ҳәптесиниң түри қандай болыўына қарамастан, "Ғәрезсизлик байрамы" мүнәсибети менен избе-из бес күн дем алады.– 1-сентябрь (сәршемби) – "Ғәрезсизлик байрамы", дем алыс күни;
– 2-сентябрь (пийшемби) – қосымша дем алыс күни;
– 3-сентябрь (жума) – қосымша дем алыс күни;
– 4-сентябрь (шемби) – дем алыс күни (ис ҳәптеси қандай болыўына қарамастан, бәрше ушын дем алыс күни);
– 5-сентябрь (екшемби) – дем алыс күни.
Демек, быйыл-да оқыў 6-сентябрден басланады.
