logo

Қоңыраттағы жәнжел «пиво»ның үстинде келип шыққан

Усы жылдың 16-август күни саат 17:30 лар шамасында Қоңырат районы «Хорезм» АПЖда жасаўшы 1989-жыл туўылған пуқара А.М. ҳәм «Түркистан» көшесинде жасаўшы 1993-жыл туўылған пуқара Р.М ортасында келиспеўшилик келип шығады.

Нәтийжеде, пуқара А.М, пуқара Р.М. ға түрли дене жарақатын жеткереди.

Қоңырат районы ИИБниң мәлим етиўинше, пуқара А.М. район аймағында жайласқан «Океан» кафесинде ағайини 1985-жылда туўылған С.М. менен отырғанда, өзине алдыннан таныс болған Р.М. кирип келген ҳәм оған «пиво» спиртли ишимлигин алыўды буйрық түринде айтыўы бул ўақыяның келип шығыўына себеп болған.

Усы жағдай бойынша, Қоңырат районы Тергеў бөлимшеси тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 277-статьясы, 2-бөлими менен жынаят иси қозғатылып, кең жәмийетшилик қатнасында додаланған.

Makan.uz

Соңғы жаңалықлар