logo

Қанаатов Есимқан Елсүйер улы «Ел хызметинде» газетасының Бас редакторы лаўазымына тайынланды.

Е.Қанаатов 1981-жылы Бухара ўәлаяты Тамды районында туўылған. Миллети – қарақалпақ. 2004-жылы ҚМУ Журналистика бөлимин, 2007-жылы магистратура бөлиминиң Журналистика қәнигелигин питкерген. 

Ҳәр қыйлы жылларда ол ҚМУ Журналистика кафедрасы ассистенти, факультет деканы орынбасары, Министрлер Кеңеси Баслығының баспасөз хаткери, Қарақалпақстан хабар агентлиги директоры, ӨзАның Қарақалпақстан бойынша шолыўшысы, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Халықаралық бирге ислесиў бөлими баслығы ҳәм т.б. лаўазымларда жумыс иследи.

Е.Қанаатов Фольклористика қәнигелиги бойынша докторлық диссертациясын жақлаған, ҳәзирги күнде «Ишонч» ҳәм «Ишонч-Доверие» газеталарының Қарақалпақстан бойынша хабаршысы лаўазымында да жумыс алып бармақта.

«Ел хызметинде» газетасы

Соңғы жаңалықлар