Тест сынақлары Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында ашық майданларда шөлкемлестириледи ҳәм 23-август күни 2-сменада басланып, 25-август күни 1-сменада жуўмақланады. Бунда тест сынақлары :1-сменада 07:00 ден 10 :00 ге шекем;
2-сменада 18:00 ден 21:00 ге шекем болып өтеди.
Тест сынақлары 2 қәнигелик пәни бойынша өткериледи ҳәм талабанларға ҳәр бир қәнигелик пәнинен 30 дан жәми 60 тест тапсырмасы ҳәм оларды ислеў ушын 3 саат ўақыт ажыратылады.
Тест сынақларында топлаў мүмкин болған максимал балл – 189 балл болып, биринши қәнигелик пәни бойынша ҳәр бир дурыс жуўап ушын 3, 2 баллдан (жәми 96 балл ), екинши қәнигелик пәни бойынша болса 3, 1 баллдан (жәми 93 балл ) бериледи.
Талабанлар тест сынағында қатнасыў ушын руқсатнаманы Мәмлекетлик тест орайының transfer.dtm.uz сайтынан алыўлары мүмкин. Тест сынағы өткерилетуғын аймаққа белгиленген ўақыттан кеминде 1 саат алдын шахсын тастыйықлайтуғын ҳүжжет ҳәм тест сынағында қатнасыў ушын руқсатнама менен келиўлери соралады.
Түсиндирме: Өз алдына талант талап етилетуғын тәлим бағдарларға оқыўын көширип атырғанлар тест сынағында қатнаспайды ҳәм оларға Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен руқсатнама берилмейди. Олар ушын жоқары оқыў орынлары тәрепинен дөретиўшилик имтихан өткериледи.
