Усы оқыў жылынан баслап, академикалық демалыс алған студентлер оқыўды сыртқы, кешки ямаса аралықтан сыртқы көринислерге өзгертиўи ҳәм оқыўды даўам етиўлери мүмкин болады. Бул ҳаққында жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги мәлимлеме хизмети хабар берди.Қараўында ямаса шаңарағында наўқасқа қараўы керек болған студентлер, ден саўлығы себепли оқыўга келиў мүмкиншилиги болмаған студентлер, саўлығына көре уйде қалыў керек болған ҳәмледар ҳаял студентлер, кишкентай баласы бар жас студент аналар, әскерий хизметке баратуғын студентлер ҳәм басқа тыянақлы себеп көрсеткен студентлер академик дем алыс алыўлары мүмкин болады.
Жазылыўына қарағанда, өткен дәўирдеги академикалық демалыстан ҳәзиргиниң айырмашылығы студент оқыўынан шетлетилмейди. Оның ушын студент оқып атырған жоқары оқыў орны ректоры атына академикалық демалыс алыўға себеп болған жағдайды көрсеткен ҳалда арза жазады ҳәм мағлыўматларын усыныс етеди.
