logo

Орайлық базардан «Катекс базар»ға исбилерменлерди бийпул көшириў ушын транспортлар жолға қойылды

Нөкис қаласындағы Орайлық дийқан базарынан «Орайлық саўда комплекси»не (халық тилинде «Катекс базар») исбилерменлерди көшириў ҳәм халыққа қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги тәрепинен 2 дана автобус ҳәм 2 дана «Дамас» автомобили бир ай мүддетке саат 09:00 ден 18:00 аралығында бийпул хызмет көрсетиў тийкарында жолға қойылды.

Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Соңғы жаңалықлар