Президент Шавкат Мирзиёев 23-август күни Ташкент қаласында әмелге асырылып атырған қурылыс ҳәм абаданластырыў жойбарларының презентациясы менен танысты.Билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, хызмет көрсетиў, саўда, санаат сыяқлы көплеген тараўларда әмелге асырылып атырған қурылыс жумыслары заман талабынан келип шығып басланған, мәмлекетимиз басшысы олардың айырымын барып көрген.
Атап айтқанда, Президентимиз өткен жылы 16-октябрь күни Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети академиясы ҳәм Темурбеклер мектебиниң қурылысын көзден өткерген еди. Ҳәзирги күнге келип, ол қурып питкерилген. Академияның имаратлары реконструкцияланған. Мектеп ушын оқыў корпусы, физикалық-әскерий шынығыўлар майданы, стадион, автодром, жатақхана, асхана қурылған.
Мәмлекетимиз басшысы 2020-жыл 31-январь күни Геология илимлери университети қурылысына тырнақ тасын қойған еди. Соннан берли бул жерде жүдә үлкен көлемдеги жумыслар орынланды. 6 көп қабатлы имарат қурылып, 4 еўи реконструкцияланды. Ҳәзирги ўақытта қурылыс жумыслары жуўмақланыў алдында. Бул жерде университет пенен бирге тараўға байланыслы илимий институтлар жайластырылады. Геология музейи, китапхана, жатақхана ҳәм басқа да имаратлар болады.
Юнусабад районында Ташкент архитектура-қурылыс институты ушын жаңа имарат қурылмақта. 5 қабатлы еки оқыў комплекси, 8 қабатлы административлик имарат ҳәм 4 қабатлы жатақхана бой тиклемекте. Оларды быйыл октябрьде пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген. Сондай-ақ, жойбардың екинши басқышында институт оқытыўшылары, илимий-изертлеў орайының қәнигелери ҳәм олардың шаңарақлары ушын социаллық объектлер қурылады.
Билимлендириў тараўындағы үлкен жойбарлардан бири бул «Жаңа Өзбекстан» университети. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 23-июньдеги қарарына муўапық шөлкемлестрилген бул билимлендириў дәргайы усы оқыў жылының өзинде-ақ биринши студентлерди қабыллады. Соның ушын, Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатия университетиниң айырым имаратлары ажыратылып, заманагөй оңланды.
Келешекте «Жаңа Өзбекстан» университети ушын заманагөй оқыў кампусы қурылады. Бул бойынша халықаралық стандартлар тийкарында жойбар ислеп шығылып, дәслепки жумыслар баслап жиберилген.
Президентимиз 2019-жылы Мухаммед ал-Хорезмий атындағы қәнигелестирилген мектепке сапары ўақтында усы мектептиң жанында IT -парк филиалын шөлкемлестириў, оған жасларды тартып, тәжирийбе арттырыў ушын кең шараятлар жаратыў бойынша көрсетпе берген еди.
Ҳәзирги күнде бул имарат қурып питкерилип, заманагөй үскенеленбекте.
Денсаўлықты сақлаў тараўында да көплеген жойбарлар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайында кардиохирургиялық, трансплантология ҳәм нейро-қан-тамыр хирургиясы бөлимлери ушын жаңа имарат қурылмақта. Оның нәтийжесинде бул қурамалы әмелиятлар ушын заманагөй шараят жаратылады, жылына қосымша 3 мың наўқасқа жоқары технологиялық медициналық жәрдем көрсетиледи. Бул жаңа комплекстиң қурылысы быйыл сентябрьде жуўмақланады.
Қорғаныў министрлигиниң бурынғы клиникалық госпиталы өткен әсирдиң қырқыншы жылларында қурылған, ескише тәртипте ислеп киятырған еди. Мәмлекетимиз басшысы 2018-жылы ол жерге барып, емлеўхананы реконструкциялаў ҳәм заманагөй үскенелер менен тәмийинлеў, басқарыўда заманагөй менеджментти енгизиў бойынша тапсырмалар берген еди. Сол тийкарда үлкен көлемдеги қурылыс ҳәм оңлаў жумыслары әмелге асырылмақта. Орайлық әскерий клиникалық госпитал быйыл декабрьден жаңаланған имаратта жумыс баслайды.
«Қәўипсиз қала» басқарыў ситуациялық орайы, саўда ҳәм хызмет көрсетиў комплекслери, санаат кәрханалары, жол ҳәм көпирлер қурылысының барысы бойынша да мағлыўмат берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги
ӨзА
