Усы жылдың 21-август күни социаллық тармақларда Қашқадәрья ўәлаяты, Қарши қаласындағы 31-мектептиң шет тили оқытыўшылары ҳәжетхананы тазалаў ҳәм оңлаў жумысларына мәжбүрий түрде тартылғаны ҳаққында хабарлар тарқалған еди.Бул жағдай Қашқадәрья ўәлаяты Бәнтлик бас басқармасы Мәмлекелик мийнет инспекциясы тәрепинен үйренип шығылған.
Үйрениў нәтийжесине бола, ўәлаяттың Қарши қаласындағы 31-санлы мектеп директоры тәрепинен оқытыўшылар мектеп ҳәўлиси ҳәм әтирапын тазалаў жумысларына мәжбүрий түрде тартылғаны анықланған.
Усы жағдай бойынша, Қарши қаласындағы 31-санлы мектептиң директорына Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 51-статьясы, 1-бөлимине тийкар, базалық есаплаў муғдарының 50 (12 млн 250 мың) есеси муғдарында ҳәкимшилик жәрийма қолланылған.
Makan.uz
