Соңғы күнлерде Өзбекстанда коронавирус менен кеселлениў көрсеткишлери турақласып атырғанын инабатқа алып, Республика арнаўлы комиссиясы тәрепинен Өзбекстан Республикасы мәмлекет ғәрезсизлигиниң отыз жыллық байрамы илажларын көтериңки руўхда өткериў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында ашық майданларда сейиллер, концерт тамашалары ҳәм кеўил ашар бағдарламаларды шөлкемлестириў бойынша тийисли шөлкемлер тәрепинен берилген усыныслар мақулланды. Бул ҳаққында Денсаўлықты сақлаў минстрлиги хабар бермекте.Усы илажди көтериңки руўхта өткериўге жуўапкерлер тийисли карантин талапларының орынланыўын қатаң қадағалайды.
Makan.uz
