logo

Баслығының пулын тотализаторда уттырып қойған жигит өзин пышақлады

Ташкент қаласында «Paynet» шақапшасында ислейтуғын жигит баслығына тийисли пулды тотализаторда уттырып қойып, өзин пышақлады. Бул ҳаққында ӨзА хабар бермекте.

Мәлим етилиўинше, Н.Р. «Paynet» шақапшасындағы кассадан дүкән ийеси Н.Т.ға тийисли болған, 6 миллион сўм пулын тотализаторда уттырып қойған.

Соннан кейин ол пулларды қайтара алмаўын билип, дүкәндағы шкафта турған пышақ пенен өзиниң қарнына дене жарақатын жеткерип, ИИБға телефон еткен ҳәм биреў оған пышақ пенен дене жарақатын жеткерип, дүкән кассасындағы 6 миллион сўмды басқыншылық жолы менен тартып алғанын айтқан.

Суд тәрепинен Н.Р. Жынаят кодексиниң 237-статьясы 2-бөлиминиң “а” ҳәм “г” бәнтлеринде көрсетилген жынаятты ислеген деп табылды ҳәм сол статьяға 57-статясын қоллап, оған 2 жыл азатлықты шеклеў жазасы тайынланған.

Makan.uz

Соңғы жаңалықлар