2021-жыл 19-август күни ҚР ИИМ ЖҚБ, Төрткүл районы ИИБ ЖҚБ, ЖҲҚБ, ҚР ИИМ ППХ ҳәм ЖТСБ кинология хызмети ҳәм МҚХ Төрткүл районлық бөлими хызметкерлери менен шерикликте «Х» атлы шахстың арзасына тийкар, Төрткүл районы аймағында өткерилген оператив илаж нәтийжесинде, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖда жасаўшы, алдын Жынаят кодексиниң 25-, 273-статьясы 5-бөлими менен судланған, 1979-жылы туўылған пуқара Ш.А.ның басқарыўында болған «Ласетти» маркалы автомашинасы тексерилгенде, автомашина салонынан бир шырпы қутысы ишинде, ақ полиетилен пакетке оралған сары-қоңыр реңли, өткир ийисли зат бар екенлиги анықланып, дәлилли буйымлар менен ҳүжжетлестирип алынған.Эксперт-криминалистика бөлиминиң экспертиза жуўмағына тийкар, алынған элемент «героин» нәшебент өними ҳәм салмағы 1,06 грамм екенлиги анықланған. Бул хаққында ӨзР ИИМ Оператив-қыдырыў департаменти мәлим етпекте.
Жағдай шеңберинен Төрткүл районы ИИБ жанындағы ТБ тәрепинен Жынаят кодексиниң 25-, 273-статьясы 5-бөлими менен жынаят иси қозғатылған.
KRuz.uz
