logo

Шымбай районының қаўынлары Россия менен Қазақстанға экспортқа шығарылмақта

Шымбай районы әзелден өзиниң аўыл хожалығы өнимлери менен белгили. Мийнеткеш дийханлар ерте бәҳәрден жерге кеўил бөлип тәрбиялайды ҳәм мол жемисин алып, елдиң дастүрханының толы болыўына өзлериниң мүнәсип үлкесин қосып келмекте.

Районда июнь айынан баслап қаўынлар писти. Бүгинги күнде палдан татлы қаўынлар «Майжап» аўыл пуқаралар жыйынында жетистирилмекте. Писиб жестискенлер болса халқымызға жеткерип берилмекте.

Бүгин мәмлекетимизде исбилерменлерге кең имканятлар жаратылған. Бул имканиятлардан өз ўақтында ақылға уғрас пайдаланыў тек ғана исбилерменге емес ал, мәмлекетимиздиң економикасына да өзиниң унамлы тәсирин көрсетеди. Берилген жеңилликлерден үнемли пайдаланған дийханларымыз жетистирген қаўынларын сырт еллерге экспортқа шығарыўды да жолға қойды.
Шымбай районы «Майжап» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында отыздан аслап фермерлер жумыс алып бармақта. Атап айтқанда «Абди - Есен» кластери 270 гектар жер майданының 40 гектарына қаўын егип бәҳәрден баслап ҳәрекет етти. Бүгинги күнде жетистирген қаўынлары менен тек ғана Шымбай базарын тәмийинлеп қоймастан Россия ҳәм Қазақстан мәмлекетлерине де экспорт етпекте.

Қарақалпақстан Республикаси Министрлер кеңеси

Соңғы жаңалықлар