logo

Салықшылар коронавирусқа қарсы вакцина алды

Алдын хабар бергенимиздей, ҳәзирги ўақытта барлық шаңарақлық поликлиникаларда арнаўлы бригадалар дүзилип, орынларда халықты коронавирусқа қарсы шаншыў илажлары алып барылмақта.

Халыққа қосымша қолайлықлар жаратыў мақсетинде 5 жерде, яғный «Мега-Нукус», «Корзинка» саўда орайларында, Орайлық дийқан базары, Мәмлекетлик хызметлер Орайы, ПҲАЖ бөлиминде мобиль бригадалар шөлкемлестирилип, шаншыў жумыслары алып барылмақта.

Усындай мобиль бригадалардың бири тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасында  жумысшыларды коронавирус инфекциясына қарсы шаншыў илажлары әмелге асырылды.
– Шынында да, пандемияны тек вакцина менен тоқтата аламыз. Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасында коронавирус инфекциясына қарсы шаншыў процесинде ҳәр бир хызметкер белсендилик пенен қатнасты,-дейди басқарма хызметкери М.Мершиева.
Бүгинги күнде халқымыздың саламатлығын беккемлеў, оларды бул кеселликтен сақлаў мақсетинде өткерилип атырған бундай илажлар даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Соңғы жаңалықлар