Кегейли районында «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында аймақлар кесиминде қурылыс-оӊлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары жүргизилип, пуқаралар жасаў пункитлериндеги ишки хожалык жолларында оӊлаў жумыслары алып барылып атыр. Атап айтқанда, мәмлекетлик бағдарламаға Жаӊа базар АПЖдан 10 көше, Абат АПЖдан 7 көше, Жылўан жап МПЖдан 10 көше ҳәм басқа да бир қатар аймақлардағы ишки хожалық жоллары киргизилген болып, Кегейли районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы ҳәм кесип алып ислеўши бир неше кәрханалар тәрепинен қурылыс-оӊлаў жумыслары алып барылып атыр.
Сондай-ақ, Кегейли районы жергиликли бюджети қарыжалары есабынан аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары аймақларындағы 31 ишки хожалык жолында оӊлаў жумысларын жүргизиў режелестирилген болып, бул бойынша да қурылыс жумыслары даўам еттирилмекте.
Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы мәлимлеме хызмети
Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы мәлимлеме хызмети
