logo

Хожелиде 4 мәҳәллениң жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды.

29-август күни Хожелиде 4 мәҳәллениң жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды. Бунда, Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри С.Турманов ҳәм район сектор баслықлары қатнасып, Байтерек, Шағалакөл, Наўрыз МПЖ ҳәм Жаңа-жап АПЖ имаратларын салтанатлы түрде ашып берди. Иләжда шығып сөйлеген халқымыз өз сөзлеринде усы күнге шекем бундай мәҳәллеге болған итибарын көрмегенлиги, бул Президентимиздиң алып барып атырған реформасының әмелий нәтийжеси екенлигин, сонлықтан мәмлекет басшымызға шексиз миннетдаршылығын билдирди. Буннан соң, мәҳәлледе жаратылған шәраятларды көзден өткерди.

Хожели районы Ҳәкимияты мәлимлеме хызмети

Соңғы жаңалықлар