logo

⚡️Ғәрезсизликтиң 30 жыллығына арналған стела

Социаллық тармақларда Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы мүнәсибети менен Ташкент ўәлаятының Қыбрай районында қурылып атырған бағ жанында бой тиклеген стеланың фотосүўрети тарқалды.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 30 жыллығына арнап «Истиқлол» комплексин қурыў ҳәм онда «ғәрезсизликтиң мазмуны ҳәм үлкен тарийхый әҳмийетин сәўлелендириўши монументал композиция»ны жаратыў Президенттиң 2020-жыл 17-декабрьдеги пәрманында атап өтилген еди.

Karinform.uz

Соңғы жаңалықлар