logo

Нызамсыз түрде диннен билим берген 20 жаслы жигит қамалды

Ташкенттиң Янгиҳаёт районында 20 жаслы жигит ер жетпеген балаларға рухсатсыз диний билим бергени анықланды.

Пайтахт ИИББ хызметкерлери тәрепинен алып барылған профилактикалық илажлар даўамында 20 жаслы жигит М.Қ. жеке меншик үйлердиң рухсатсыз жас өспиримлерге диний әдебияттан пайдаланған ҳалда сабақ өткени анықланған. Ўақыя орнынан диний әдебият, DVD-диск ҳәм мобиль телефонлар айғақлы дәлил ретинде алынған.

Жағдай бойынша Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 241-статьясына муўапық ҳүжжетлер топланып, судқа жиберилди ҳәм суд оған 15 сутка қамақ жазасын тайынлады.

Дерек: Makan.uz

Соңғы жаңалықлар